МАЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Төрт түлик мал: жылқы, қара мал, түйе, қой-жанлық ҳәм т.
б.
Мал аласы сыртында, адам аласы ишинде (ққ.х.н.).
2. Дүнья, мүлик.
Мал, дүньясын гизнеген, Өзин мақтап көп сөйлеген (А.Дабылов).
0 Мал-бас а) мал-дүнья, бар-жоқ, дүнья-мүлик.
б) мал ҳәм адам.
Түркстаннан Қоңырат көшти, Сәрхун дәрьясына түсти, Малы-басы және өсти, Мыклым абат болған екен (Бердақ).
Мал-дәске — дүнья-мүлик, бар-жоқ, мал-дүнья.
Абырайлы әке болғанда, апа болғанда, мал-дәске болғанда гүлалагүл, болар еди (Т.Қайыпбергенов).
Мал-дүнья — дүньяның барлық түри.
Малға жығыў — Мал берип қаратыў, мал-дүньяға бағындырыў, малдың күши менен алыў.
Малға жығып сорлы қыздың атасын, Бир күни байлап алып кетти Арыўды (И.Юсупов).
Мал оты — маллардың жейтуғын оты.
Мал өрис — маллардың жайылатуғын жери.
Мал-мүлик — дүнья-мал, байлық, бар дүнья.
Малыў-мулким, ҳәрне барым, Тапсырдым мен тәңирге (Әжинияз).
Қайдан жүрсең, қайдан келдиң деген адам болса, өзи өлимдар, малы-мулки талан-тараж болсын деп қолына жарлық хат берди («Алпамыс»).
Мал-сал — мал туқымы, мал әўлады, мал туяқ.
Ал енди қалған айлықларыңызға мал-сал, ешки-пешки алағойыңлар деген сөзи унамаган еди (Ж.Аймурзаев).
Мал-ҳәл — дүнья-дәске, мүлик, жай-жағдай, хожалық, турмыс.
Бизге мал-ҳәлди бермедиң, Көзлердиң жасын көрмедиң, Бул басымнан өттиң дәўран (Бердақ).
Мал-ҳәлге ағамның ҳәргиз басы айланбайды (Ө.Айжанов).