⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЛЕНТА

Қарақалпақша

ат. 1. Қызлардың шашының ушына тағыў ушың түрли жипек материаллардан жүдә жуқа етип узынша иеленген зат, буйым. Қызы шашын дөңгелетип қырыққан төбесине қызыл лента байлаған, мойнына пионер галстугин таққан (Қ.Айымбетов). 2. Токтан сақлаўшы, сыртқа зыян (зақым) келтирмеў ушын сыртынан оралатуғын ток өткермеўши зат, изоляциялаўшы лента. Сымның ашық жерлерин монтер лента менен орап шықты, — деди Жумабай («Жеткиншек» г.). 3. Телеграф, кинематоғрафия, пулемет, мағнитофон хәм усы сыяқлы нәрселерди пайдаланыў ушын мағнитлик усыл менен сес жазыўға ҳәм сол сести кейта шығарыўға арналған арнаўлы буйым. Ал, телеграф аппаратлары ультиматумлы телеграммалар жазылған ленталарды шубалтып шығарып турды (газетадан). 4. Белгили басламаның салтанатлы түрде ашылыўына байланыслы узынына тартылған жиңишке жипек материал, буйым. Лағерьдиң ашылыўына байланыслы жыйналыс болды хәм лента қыйылды («Жеткиншек» г.).