⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨШПЕЛИ

Қарақалпақша

кел. 1. Бир орыннан екинши бир орынға көшип-қонып жүретуғын, тиришилик ететуғын отырықшы емес ел, халық, миллет, қаўым. Булар көшпели халық, көшип үйренген, Бизлер жаўгершимиз, жаўлап үйренген, Айлан, дүние, айлан, шарқы пәлектей!.., (И.Юсупов). Көшпели турмыс пенен бирге отырықшы турмысқа керекли нәрсениң барлығы менен айланысты (С.Бахадырова). 2. Жылжымалы, өзгермели. 0 Көшпели қопа — сувдың үстиндеги қопалықлардың бир орыннан екинши орынға жылысўы, қозғалыўы, өзгерўи, ығыўы. Қайық пенен әсте ығып киятырсак көшпели қопалар да бизлерге қарсы ығып киятыр екен (А.Бегимов). Алдан қарағанда Аралдың шет-шебинде қамыс, урықпар түбири менен шоқ-шоқ болып ығып жүре беретуғын бир көшпели қопадай болып көринди (Ә.Шамуратов). Көшпели шарўа — бир орыннан екинши орынға көшип жүретуғын шарўалар. Қарақалпақлар көшпели шарўашылық хожалығы менен шуғылланды (Н.Дәуқараев). Көшпели дүкен — әр орынға барып саўда ислейтуғын дүкен. Қалаға көптен берли көшпели китап дүкен келген жоқ еди (М.Нызанов).