КӨШИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир орыннан екинши орынға алып барыў, жибериў, өзгертиў.
Бәри бир буннан кейин де ағалары оны Сыйдырмай елден көширип жиберипти (ққ.х.е.).
Кемпир-ғаррысын да көширип алады, сөйтип, Абдулла бала мурады-мақсетине жетеди (ққ.х.е.).
Жай қалдырмай өртеди, Үй қалдырмай көширди («Қырқ қыз»).
2. Қандай да бир (жазба яки аўызша) мағлыўматты жазыў.
Маман баҳадырды марапатлады, ахун ахиднаманы көширип үлгерсе, урыўдың мөри салынып, тамғасы басылыўы онша мүшкилге түспейди (Т.Қайыпбергенов).
Талай жазып, талай сапар өширдим, Талай сызып, талай сапар көширдим (Т.Сейтжанов).
3. Атыў.
Жасаўыл басы изинен оқ көширди, пайдасыз (Т.Қайыпбергенов).
«Жоғалың» деп мылтықты адамлардың үстинен көширип жиберди (К.Султанов).
Көшеген қара топларды, Гүмбирлетип көшириң, ... (Ер Зийўар).
4. Өзгертиў, аўмастырыў.
Қоңсыны қозғама, көширерсең, Отты қозғама, өширерсең (ққ.х.н.м.).
5. Қабыл етиў, өзлестириў.
Жети реңли сүўретин де, Руўхымызға көширгенбиз (И.Юсупов).
6. а) гөн.
с. дин. с. Молла ямаса порханлар аўырыў адамды оқып, дем салып болғаннан кейин аўырыўдың үстинен от өткериў, түтетиў, оннан атлатыў.
Молла аўырыў ҳаялдың үстинен от көширди (ққ.х.е.).
б) гөн.
с. дин. с. Отлаў ушын алатуғын нәрсе, зат, кәрекет.
Көширме деп мал семизин услаған, Халықларды көп алдаған порханлар (С.Нурымбетов).