⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨШЕР

Қарақалпақша

ат. Арбаның яки транспорттың еки дөңгелегиниң ортасына суғылып, оны көтерип туратуғын ағаш яки темир. Қара үйдиң қапталында арбаның көшерин майлап отырған Қосыбай аспанға жалт-жалт қарап ... (К.Султанов). Маманға патшалықтан үсти тери менен жабылған, керек емес жағдайда жыйнап қоя беретуғын, төрт дөгелекшили, темир көшерли, сулыў күйме инам етилди (Т.Қайыпбергенов). ♦ Бахыт көшери — жақсы турмыс, бахытлы заман. Танымайсаң Бозатаўды кешеги, Айланса деп едиң бахыт көшери (К.Султанов). Тарийх көшери — бахытлы заман, дәўир, заман. Ҳеш күш тоқтата алмас тарийх көшерин, Топылса табанда табар әжелин (К.Султанов).