көтериў фейилиниң шериклик дәрежесиКӨТЕРИЎ ф. 1. Қандай да болмасын бир затты ямаса бир нәрсени бир жерден екинши бир жерге күш пенен апарып қойыў.
Мине, қолына шелегин көтерип Орынгүл де жетип келди (Ж.Сейтназаров).
Бий орнынан ушып турып, Ережептин қолтығынан көтерди де, сыртқа алып кетти (К.Султанов).
Көйлегиниң етегин көтерип, белдемесине қыстырған (Н.Дәўқараев).
2. Мақтаў, тәрийиплеў, көтермелеў.
Қолдан келсе кеселин жазып, сениң абырайынды көтеремен, апа, — дейди (ққ.х.е.).
3. Раўажландырыў, байытыў, турмысты жақсылаў.
Темир жолдың, колхоздың экономикасын көтериў илажлары менен бир қатарда жүргизилиўи (Г.Есемуратова).
Аўыл хожалығын буннан былай да көтериў — алдағы ўазыйпа (Г.Есемуратов).
4. Бир орынға көтерилиў, орынға отырыў, сайланыў.
Қалада патша өлип, орнына патша көтериў ушын дәулет қус дегенди ушырып атыр екен (ққ.х.е.).
Бул дәўир де узаққа бармады, орыслардың тәсиринен қорыққан Нәдир шаҳ Хорезм ханлығының жүўенин өз қолында услап турыў мақсетинде Елбарыс ханның Абдулғазы Муҳаммед атлы жарымес улын хан көтерди (Т.Қайыпбергенов).
5. Көниў, көнлигиў, шыдаў, мойынлаў, төзиў.
...бундай жағдайда көтермеске не шара бар — көниў керек (Ә.Шамуратов).
6. аўыс. Шыдамы таўсылыў, писип жетиў, шыдамаў, тойыныў, шегине шығыў.
Халықтың наразылығы соңғы шекке көтерилди (Қ.Ирманов).
7. аўыс. Ишип қойыў, алып қойыў.
...берилген қатықты иркилип турмастан көтерип жиберди жетим (ққ.х.е.).
8. аўыс. Бир исти қолға алыў, қозғаў, жүргизиў, ҳәрекет етиў.
...көп узамай-ақ бул мәселени де көтерди (Қ.Айымбетов).
9. аўыс. Жастың асыўы.
Бир мәҳәллери пульси он сегизге жетти, соң жигирма төртке, кулласы, пульси елиўден көтерилгеннен кейин, ол көзин ашты, маңдайындағы муздай тер кем-кем сорыла баслады (М.Нызанов).
♦ Аспанға көтериў - мактаў, марапатлаў, көтермелеў.
Аспанға көтерип жеңистиң туўын, Жер бетине сеўип молшылық нурын (А.Дабылов).
Атағын көтериў — атағын шығарыў, мәртебесин асырыў.
Жолбарысқа жол бермеген тириде, Усы буға көтерди аўыл атағын (Т.Қабулов).
Абырайын көтериў — уллылаў, мәртебесин арттырыў.
Бабурдың әпиўайы стильде ҳәм сондай тилде жазыўды талап етиўи ҳәм соған өзиниң әмел етиўи түркий тилдиң абырайын көтериўге унамлы тәсир етти («Қарақалпақ университети» г.).
Әл көтериў — а) гүдер үзиў, бийзар болыў, қол үзиў, қашыў, қутылыў.
Ашыққа жараспас сакалдың ағы, Басканы сәўерсең, меннен әл көтер (ққ.х.е.).
б) қол узатыў, қол силтеў, қолды жоқарыға алыў.
Қәне, көтер әлиңди, жүриңни, болмаса көрсетемен, — деди ғаррыға болыс (ққ.поэз.ант.).
Бас көтериў — а) ояныў, жанланыў.
Шыдамай қорлық азапқа, Бас көтерди мийнеткеш (Х.Сейтов).
б) орнынан турыў, көтерилиў, гәўдесин көтериў.
Жан ҳәлетинде басын көтерди (Қ.Аралбаев).
в) аўыс. басшы болыў, басқарыў, меңгериў.
Усы аўылдың бас көтерген жигитлериниң бири ... (Т.Қайыпбергенов).
Басын көтериў — қараў, нәзер салыў.
— Қәне, Кудияр сейис, басыңды көтер, айт, — деди ўәзир жалын рең узын сақал-муртын сыйпалап (Т.Қайыпбергенов).
Басын көтермеў — бойын тиклемеў, қыймылдамаў.
...усы қәтеликти ислей қойдым, кешириң, апай, — деди ол басын көтерместен (А.Бекимбетов).
Бөксесин көтериў — отырған жеринен денесин жоқарылатыў, қозғаў, жылысыў.
Сәл жылысыңқырап, еки қолын жерге тиреп ғана зорға бөксесин көтерди (К.Султанов).
Басына көтериў — тәртипсизлик етиў, бақырыў, шаўқым шығарыў.
Оқыўшылар классты басына көтерди... («Жеткиншек» г.).
Даўысын көтериў — қатты сөйлеў, бақырыў.
Аўзына қан сүртетуғын күшик емессең, — деп бирден даўысын көтерди, — Ғарры төбетлерге қара, баслап баратыр! (Т.Қайыпбергенов).
Гәўдесин көтериў — денесин тиклеў, жоқары көтерилиў, бойын тиклеў.
Қосыбай басын шайқап бираз жатты да ызаға буўлығып, гәўдесин көтерди (К.Султанов).
Гүнасын көтериў — дин. Гүналарын, айыпларын, қәте ислерин өзине (мойнына) алыў, өзиники деп қабыллаў.
— Ҳүрметли жолдаслар, биз ат қоямыз деп ҳәр кимниң гүнасын көтерип болдық (М.Нызанов).
Ғаўға көтермеў — көтерилис шығармаў, шаўқым шығармаў, жәнжел шығармаў, бадабад етпеў.
...наразылығы соңғы шекке жеткен халық буған ғаўға көтермеди (Қ.Ирманов).
Ийек көтериў — қараў, нәзер салыў.
Көзлерин перделеп еле ой теңизине шүмип, қардай ақ басын сыйпап отырған ғарры бий әллен ўақытта ийек көтерди (Т.Қайыпбергенов).
Көкке көтериў — ҳүрметлеў, сыйлаў, мақтаў.
Ҳүкимет белсендишилик еткенниң ҳәммесин де көкке көтерип манлайынан сыйпайды, астына ат береди (Т.Қайыпбергенов).
Өзинде ержеткен наўқыран жаслар, Көклерге көтерер байрағың, Ўатан! («Қарақалпақ университети» г.).
Көтерип кетиў — урлаў, жасырып алыў, басып алыў, алып кетиў.
Анаў күнгидей үйиңди көтерип кетпесин (К.Султанов).
Қара қус көтерип кеткен болса, таў арасында сүйеги қалады (Т.Қайыпбергенов).
Кеўил көтериў — ўақты хошлық қылыў, тамаша етиў, мәс болыў.
«Өзиме қайдан усасын, — деп ойлады Палўан, — кеўлин көтериў ушын айтқызып отырған ғой» (Ө.Айжанов).
Қазан көтериў — аўқат, тамақ писириў.
Саған тамақтың да рети болмады, үйде қазан көтергенден ҳеш нәрсе жоқ еди (Ө.Хожаниязов).
Бизлердиң кишкене бала ўақтымызда есигине «қудайы қонақпан» деп келген адамды төрге шығарып, аўқаттан кеш келсе арнап қазан көтерип, қудайдай сыйлайтуғын еди (М.Нызанов).
Қамшы көтериў — урыў, силтеў, қамшылаў.
Арық ақсақал буған да қамшы көтерген еди (С.Хожаниязов).
Қол көтериў — а) сораныў, келисим алыў.
Сыртқа шығып қайтыў ушын қол көтерип руқсат сорады (Қ.Айымбетов).
б) жыйналыста белгили бир усынысқа ашық даўыс бериў.
Атамурат қысқа сөзин питирди де, ҳеш кимниң пикирине қарап турмай қол көтериўди усынды (Т.Қайыпбергенов).
в) қолға түсиў, берилиў, бағыныў.
— Көтер қолларыңды, қолға түскениңизди дағазалайман! — деди ол (Ө.Айжанов).
г) белги бериў, ишара етиў, ымлаў.
Бул әдетти өгейсиген Орынбек апасына қарап оқ қолын көтерди (Т.Қайыпбергенов).
д) тоқтатыў, иркиў.
«Таксист дегениң бе? Отыр жөниңе!»... Қолы көтериўли қалады ҳаял, Өтер зуўлап «Москвичлер», «Волгалар»... (И.Юсупов).
Қол көтериспе — бир нәрсени анықлаў ушын мәселени ортаға таслаў, жарысыў.
Қол көтериспеге келгенде еки жақ тең келип, Хожанияз босатылмады (Т.Қайыпбергенов).
Көтерип байлаў — жоқарыға қайырып байлаў, тартып байлаў.
...тағы да малақайының баўын көтерип байлады (Т.Қайыпбергенов).
Көтерип урыў — жоқары көтерип таслаў, ылақтырыў, жығыў.
Ат ойнақшып-ойнақшып Досжанды көтерип жерге урыўды (ққ.х.е.).
Қурсақ көтериў — жүкли, ҳәмиледар болыў, еки қабат болыў.
... табелщиктен еки рет егиз курсақ көтерген екен (М.Нызанов).
Қундақ көтериў — жас нәрестени қолына алыў, баўырына басып услаў.
Қундақ көтерген жас келин үн-түнсиз олардың изине ерип шықты (М.Нызанов).
Назын көтериў — көниў, көнлигиў, елестирмеў.
Анаў-мынаў сөзлерге қулақ салма, «қуда болсам» дегенниң көтер назын («Мәспатша»).
Мәселе көтериў — исти қозғаў, усыныс киргизиў, бир нәрсени қолға алыў.
Биразлар орнынан босатыў керек деп тийисли жерлерге мәселе көтерди (Ө.Айжанов).
Мурнын көтериў — гәрдийиў, менсинбеў, менменсиў.
Келгенлер менен иси болмай, келиншек олар менен сөйлеспестен мурнын көтергендей пишин билдирип сыртқа шығып кетти (Қ.Айымбетов).
Өкшесин көтериў — кетип қалыў, қашып кетиў, кетиў.
— Дым үндемей-ақ қой, «Шешесин көрип қызын ал» деген усы екен.
Оннанша тез өкшени көтерейик (М.Нызанов).
Перзент көтериў — жүкли, ҳәмиледар болыў, еки қабат болыў.
Ҳаялы Дәрибийке усы шаңараққа еңкейип түсип келин болғалы бир ул, бир қызлы болып, перзент көтерди (К.Султанов).
Руўхын көтериў — дем бериў, күш бериў, алдастырыў, хошаметлеў.
Председатель үмитсизленип руўхы төмен түсип кетти, Партком секретары буны сезди де басқа сөзге айландырып, оның руўхын көтермекши болды, ... (М.Әбдреймов).
Салтанатын көтериў — сәнин, абырайын көтериў.
Жетилгенсиз, қарындасым, көтерип қыз салтанатын.
Сиркеси суў көтермеў — ҳеш нәрсени қәлемеў, унатпаў.
Себеби, сиркеси суў көтермейтуғын адамлар менен ҳәзир тарысыў орынсыз (Т.Қайыпбергенов).
Ўақты келип өзи ашылыспаса ҳәзир сиркеси суў көтермей киятыр (М.Нызанов).
Туў көтериў — а) жалаў тиклеў, бийлик алыў.
б) қолға жалаў, курал-жарақ алып шығыў, қарсы турыў, жар салыў, айбат шегиў.
Кегимизди алмаға, Душпанлық қылған залымның, Елине ўайран салмаға, Туў көтерип турайық (Бердақ).
Шаңарақ көтериў — үй тигиў, үйли-жайлы болыў, хожалық болыў.
Кеширмеси көтермесе шаңарағың көтерип Қоңырат базарына сал, нөкер болып, қан төксин яки бес қанат үйинен кешсин, ...(К.Султанов).
Шаўқым көтериў — көтерилис шығарыў, бадабад етиў, шатақ шығарыў, жәнжел етиў.
Контордың алдына топланған адамлар да, атызға шығып баратырған қыз-келиншеклер де шаўқым көтерип буларға қарай шабысты (Ө.Айжанов).
Шашбаўын көтериў — жағымпазлық етиў, жағымпазданып қапталында жүриў, хошаметлеў.
...баслықтың шашбаўын көтерип мен де бирге жүрдим (Қ.Айымбетов).