КӨТЕРГИШ II
Қарақалпақша
кел. Не болса да көтере беретуғын төзимли, шыдамлы, көнгиш.
0 Туў көтергиш — туўды алып жүриўши адам, киси.
Төредиң сөзин еситип, Туў тикледи қырқ жигит, Молла қораз дегенди, Туў көтергиш қылды (Бердақ).
Бала көтергиш — баланы жийи-жийи туўатуғын ҳаял.
Гүлсәнем үй жумысына ықласлы, мийнет сүйгиш те, бала көтергиш те келиншек болып жетилди (Ө.Айжанов).
Кир көтергиш — кир болғаны билинбейтуғын материал.
Пердегүл кир көтергиш гезлемеден өзине көйлек тигиўди әдет еткен ҳаяллардың бири еди (Ө.Хожаниязов)