⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨСИЛИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Аяғын созып отырыў. Келе жатты жаныўар, Төрт аяғын көсилип («Қырқ қыз»). 2. Жердиң ямаса басқа бир нәрсениң узыннан-узақ орынды алып созылып (ийелеп) жатыўы. Бул көсилип жатырған жерде, көпирип отлайтуғын байдың шөли емес (К.Султанов). Ашық аспанның аш толқыны есирип, Шалқар теңиз кең далада көсилип, ... (И.Юсупов). 0 Көсилип жатыў — а) узынынан түсип жатыў. Аллам хорда жатыр халқым көсилип, Союўға мал таппай турмын қысылып (А.Дабылов). б) кең далалық жер — кең көсилип жатқан дала Шамураттың бул сөзин қайталады (Қ.Досанов). Көсиле жатқан жер пүтин, Кетеди екен көркейип (Б.Қайыпназаров). в) бадырайып көриниў. Ат излери дәрья қайырында көсилип жатты (Т.Қайыпбергенов). г) Көсилип жазыў — еркин, кеңинен жазыў. Ҳәзир биз мылтыққа жайланғанбыз, Асықпай көсилип жазыўға жол жоқ (И.Юсупов)