ф. 1. Бир нәрсени басқа биреўге билдириў, танытыў, анғартыў, байқатыў, кезлестириў.
Қәне, қайыққа миний, мен сизлерге жайды көрсетейин, — деп алдына түседи ғарры (Қ.Айымбетов).
Бекниязов қойын қалтасынан дөңгелек печать басылған документти шығарып майорға көрсетти (А.Бекимбетов).
2. Бир нәрсеге жол көрсетиў, силтеў.
Жолың сениң алға басып барады, Жеңислерге жол көрсетип турады (С.Нурымбетов).
Олардың буйрығы, силтеў көрсетиўи бойынша жалланған қан ишер қарақшылар, адам өлтириўши қутырған жаўызлар, ел ишин апатқа келтирип турды (А.Бекимбетов).
3. аўыс. Байқаў, елеслеў, сәўлелениў, сүўретлеў.
өмирдиң творчестволық өзгерисиниң бағытын көрсетиў, ... (Г.Есемуратов).
Сапардың кек еткен сөзине ызаланыўшылық кейпин көрсетти (К.Султанов).
4. аўыс. Биреўди орынсыз айыплаў, зорлық-зомбылық жасаў, күш жумсаў, урыў, соғыў, жазалаў, қаралаў, гуналаў.
Әтеш айтар баста барын, Халыққа көрсетип зарын (Әтеш).
Жедиклер бир хаўиптен, бизге қолының күшин көрсетти (Омар).
0 Арнаўлы көрсетиў — телевидение ислеринде бир нәрсеге яки биреўге бағышланған бағдарлама, көрсетиў.
Республикамыз ғалаба хабар қураллары арқалы да базы ўақытлары арнаўлы көрсетиўлер, еситтириўлер ҳәм баспасөз бетлеринде материаллар жәрияланып барылады, сонда да бул бағдардағы жол қойылып атырған қәтеликлерди дүзетиўдиң шаралары көрилмей атырғаны ашынарлы аўҳал («Қарақалпақ университети» г.).
Артықмашлығын көрсетиў — зыятлығын, артықлығын билдириў.
Оқыўдан не алғанлығы салыстырылады, соңғының артықмашлығын көрсетеди (Г.Есемуратов).
Батырлық көрсетиў — ерлик етиў, қаҳарманлық етиў.
Бәлент көрсетиў — жоқары, артықмаш етип баҳалаў, көтермелеў.
Аўыл тоқыўшылары бир-биринен мәртебесин бәлент көрсетиў ушын жарысып ықлас пенен ислейди (К.Султанов).
Мәртлик көрсетиў — батырлық етиў.
Мәртлик көрсеткениң ушын береди (Ө.Хожаниязов).
Бой көрсетиў — өзин көрсетиў, танытыў.
Алдында отырғанлар артына қайрылып қарады, арттағылар болса жән-жаққа көз жуўыртып, кимниңдир тикейип, бой көрсетиўин күтти (М.Нызанов).
Дурыс көрсетиў — хақыйқый баҳалаў, анығын билдириў.
«Қыз дәўириниң күнделигинен» дәптерине кирген «Сениң муҳаббатыңнан», «Кеўлимди қалдырмағайсаң», «Сени ойлайман», «Ынтық жаным» қосықларында өмирдиң барлық қуўанышы ҳәм мазмуны шын муҳаббат пенен белгиленетуғынлығы дурыс көрсетилип өтиледи (Г.Шамуратова).
аўыс. Дурыслы көрсетиў — телевидениедеги қызықлы көрсетиў.
Сол күни телевизорда да дурыслы көрсетиў болмай, ерте жатып қалдық (М.Нызанов).
Жәрдем көрсетиў — көмек бериў, қолғабыс етиў, жәрдемлесиў, көмеклесиў.
Ал, Жумагүл баласын аяды ҳәм оған жәрдем көрсетиўдиң жолын изледи (Ө.Айжанов).
керекли әдебиятлар, оқыў әнжамлары ҳәм электрон сабақлықлар менен тәмийнлениў дәрежесин үйрениў бойынша әмелий жәрдем көрсетиў сыяқлы ўазыйпалардың ис жүзинде әмелге асырылыўы ең әҳмийетли мәселелерден саналады («Қарақалпақ университети» г.).
Жигерлилик көрсетиў — шыдамлылық, төзимлилик көрсетиў.
Сондай-ақ, механизаторларымыз пидакерлик ҳәм тапқырлық пенен жигерлилик көрсетти («Әмиўдәрья» ж.).
Жол көрсетиў — бағдар бериў, бағыт силтеў.
Мына алтаўы өзине алдын жәрдем берген адамды естен шығарады: шәкирт — устазын, үйленген ул — анасын, басқаға кеўли кеткен күйеў — ҳаялын, мақсетине ерискен — жәрдемшилерин, адасқан — жол көрсетиўшини, наўқас — шыпакерди ... («Саза» ж.).
Ердиң исин көрсетиў — мәртлик етиў, ғайрат салыў, күш салыў.
Мен жазаман, Ердиң исин көрсетип (Б.Қайыпназаров).
Ийгесин көрсетиў — үйин, шаңарағын, жасаў орнын көрсетиў, таныстырыў.
Оларды Аманлықдикине түсириўдиң сыры — себеп пенен Айғара бийге күйеў баласының ийгесин көрсетиў еди (Т.Қайыпбергенов).
Баслама көрсетиў — исшилигин, шеберлигин билдириў.
Балаңды жәрдемсиз ҳәм қоллап-қуўатлаўсыз қалдырма, соның менен бир қатарда, оған инициатива көрсетиўге, мәселелерди шешиўде өз бетиншелигин көрсетиўине мүмкиншилик бер («Саза» ж.).
Ис көрсетиў — 1. ерлик, батырлық.
Халыққа ис көрсеткен мәрт өлмейди,... (ҚҚ.Х.Н.М.).
2. Жумыс, талап етилген исди көрсетиў.
«Аз ғана ис көрсетейин, соннан соң қыз излеймен» деп күлимсирейди (Т.Қайыпбергенов).
Күле шырай келбет көрсетиў — жылы шырай менен қарсы алыў.
Мәтеке отырар-отырмастан күле шырай келбет көрсетти (К.Султанов).
3. Жумыста жақсы ислеў менен өзин танытыў.
Тек ислесек, ис көрсетсек, усы бизиң шәртимиз (Ә.Шамуратов).
Күш көрсетиў — бузақылық етиў, жөнсизлик етиў, қорқытыў.
Маман жуўап орнына жасаўылларға қарады.
Бул оның өз күшин көрсетиў белгиси еди (Т.Қайыпбергенов).
Аўыл аўлақ, жигитлер жүр урыста, Ақсақал күш көрсетиўге ғамланды (И.Юсупов).
Қарсылық көрсетиў — наразылық билдириў, келисим бермеў.
Егер олар ҳүжим етсе, қарсылық көрсетиўге ямаса қарсы ҳүжимге өтиўге болмайды («Саза» ж.).
Өзлерин көрсетиў — а) жумыс ислеўде басқалардан айрықша көзге түсиў.
Усы жумыстың питиўине қарағанда олар өзлерин көрсетти, ... (Қ.Айымбетов).
б) кекирейиў, менменсиў, тәкаббирлениў.
Билсе де, билмесе де түрли иске суғыла берип өзиниң өр көкиреклигин көрсетти (Қ.Айымбетов).
Үлги көрсетиў — үлги болыў.
Бир-бирине итибарлы болыў, сыйласық ҳәм ҳүрметке бөлеў, жасы үлкеннен дуға алып олардың мийнет жолын жасларға үлги көрсетиў ҳәр бир пуқараның мақсетли ўазыйпасы болыў керек («Қарақалпақ университети» г.).
Пуқталығын көрсетиў, уқыплылығын көрсетиў — шеберлигин, усталығын, ийкемлилигин көрсетиў.
Әлбетте, бул жас келиншектиң өз исине пуқталығын көрсетеди (Ө.Айжанов).
шеберлигимди, пуқталығымды бир көрсетип таслағым келди (Ө.Айжанов).
Сыйқын көрсетиў — түрин, қәддин, келбетин, жағдайын көрсетиў.
Бул сырлы қонақ келгенде аш-арық пенен жетим-жесир, ала бөтен сыйқын көрсетип, мийзамын бузбасын деп урыў уәлаятларының шығарған қатал рәсими (К.Султанов).
Сыйласық көрсетиў — ҳүрмет, иззет билдириў.
Сыйласықтың да түри көп.
Бирақ, үнсиз сыйласық көрсетиўдиң ең жақсысы — тартқан орамалыңыз («Саза» ж.).
Усыныс көрсетиў — пикир, ойын билдириў.
Атамурат усыныс көрсете қойса ҳәммеси мақуллайды (Т.Қайыпбергенов).
Үлкен адам сыпатында көрсетиў — адам екенлигине кекирейиў, өзин жоғары санаў, басқалардан өзин үстин етиў.
Өзин аўылға үлкен адам сыпатында көрсетип, кекирейиўдиң не кереги бар (Т.Қайыпбергенов).
Хызмет көрсетиў — мийнет етиў, жумысты орынлаў мәнисинде.
Арасында ана емлеўханадан мына емлеўханаға медикамент апарыў, районлардағы қатты болып қалған наўқасларға «тез жәрдем» хызметин көрсетиў, қулласы, универсал көлик болды (М.Нызанов).
Ҳүрмет көрсетиў — сыйлаў, күтиў, иззет етиў.
Мине, поездымыз Харьковқа жетти, Халық жапырылып бизге ҳүрмет көрсетти (И.Юсупов).
Қызлардың бәри де өмирлик жолдасына ҳәмме сый-ҳүрмет көрсетиўин, қатнасатуғын дослары көп болыўын қәлейди («Саза» ж.).
характерди көрсетиў — минездеме бериў, характерлеў.
рационализаторлық характерди көрсетиў жийи орын ала баслады (Г.Есемуратов)