КӨПИР
Қарақалпақша
ат. 1.суўағып турған жаптан, арнадан, каналдан, дәрьядан, басқа да иркиниш ҳәм әр түрли тосқынлықлардан өту үшин ағаштан, темирден, шойыннан, бетоннан әр қыйлы мөлшерде салынған өткел.
... Биз бағана аспа көпир арқалы кесип өткен дәрья.
— Әмиўдәрья! Ертеде буны Окс деп атаған (М.Нызанов).
Олар тек алысырақ айланаға нәзер таслаў менен, өзлери ҳәзир ғана өткен темир көпирдиң еки ернегине иеленген қиябанда суп-сулыў болып өскен көк майса шөптерди аңғармаған еди, соңырақ көрип және қайран қалдысты (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Бир нәрсени байланыстырушы, жалғастырушы.
0 Паяпыл көпир — пиядаларға арналған көпирдиң кишкене түри, киси өткел.
— Тоңбадым, үйден шығудан Қараматдин ағаға жолықтым.
Атына мингездирип, паяпыл көпирге дейин әкелип кетти (Ш.Уснатдинов).
Қыл көпир — дин. Мусылман дининиң түсиниги бойынша лаўлап жанып турған дозақ отының үстинен өтетин қылыштың жүзинен де жиңишке өткел.
... еле алдында нешше-нешше қыл көпир турыпты, шырағым, — деп ғарры гүбирленди (ққ.х.е.).
Қыямет көпир — машақатлы, қорқынышты жол.
Сапарбай өз өмиринде талай-талай қыямет көпирден өтти, — деди кемпир (ққ.х.е.).
Қыяметте көпирден, Аман-саў ғана өтесең («Қырқ қыз»).
Түйеси көпирден өту — ержеткен жигиттиң үйленўи, хожалық болўы, турмыс қурўы.
Енди сениң де түйең көпирден өтти — деди кемпир.
Түйениң үлкени көпирде таяқ жейди — алды менен үлкен адамның дәкки жеўи, жәбирленўи, сөз еситу.
Түйениң үлкени көпирде таяқ жейди ... (ққ.х.н.м.).
Қант көпир — бурынғы ўақытлары отырыспала жигиттиң өзи сүйген қызына қыз жеңгеси арқалы демленген шәйнекке қоса қант, набат қусаған мазалы затларды берўи.