КӨМИК
Қарақалпақша
ат. 1. Жер астындағы байлық, кән, қымбат зат.
Излеймен күн бойы бир көмик қазып, Терим жаўырныма шыққанға дейин (И.Юсупов).
2. Жасырын саклаўлы дән, азық-аўқат, көмбе, мал-мүлк, жемис тағы басқа да затларды қоятуғын ура, орын, сол қойылатуғын заттың өзи.
Молданың кеўли бирақ та, Айырым баска тилекте.
Төрт көмик пенен және де, Ғәлле салған телекте (А.Дабылов).
3. аўыс. Адамлардағы болатуғын сыр, ой, пикир.
Жалпы бағдардың жоғына аз да болса жаңалық енгизип, көп сырлардың көмигин көрсетти (А.Бекимбетов).
4. аўыс. Жасырын жерленген өликтиң денеси.
Көмилген көмикти билдирмес ушын, үстине ҳәр түрли шөплерди таслады (ққ.х.е.).