КӨГЕРИЎ I
Қарақалпақша
ф. 1. Нәл тутыў, өсиў, шығыў, бөртиў, көклеў.
Сондықтан, халқымыздың ырысқы-несийбеси болған гаўаша тәрбиясына нәл көгерип шыққаннан баслап белсене қатнасамыз хәм гүзги жыйын-теримде зүрәәтти жаўын-шашынға қалдырмай жыйнап аламыз (М.Нызанов).
2. Жайнаў, гүллениў, қулпырыў.
Жап бойында жаўдырап, көгерди сүтилмек (И.Юсупов).
3. Алғыс, рахмет.
Кесеўиң көгерсин, бахтын ашылсын, душпаныңның малы-мүлки шашылсын (ққ.х.қ.).
4. аўыс. Өсиў, раўажланыў, көбейиў, өнип-өсиў, үрим-путаклы болыў.
Шәҳәрде болып абадан, Өссин урпақ көгерсин (ққ.х.қ.).
0 Гүл көгериў — жайнаў, жаснаў, раўажланыў, табысқа бөлениў.
Қоллардан гүл көгерер, Беркийди табыс бели (Г.Есемуратов).