КӘН
Қарақалпақша
ат. 1. Жер астындағы қазылма пайдалы байлықларды қазып алыў ушын қурылған жер асты курылмалары, сондай-ақ, бундай қазылмаларды алыўды әмелге асырыўшы таў санаат кәрханасы.
... Геолоғия ҳәм геофизикалық изертлеў — барлық жумыслары нәтийжесинде жер асты кәнлериниң көп екенлигин билди... (Қ.Оразов).
Бурқ-бурқ еткен бурғылардың, Нағра тартар боз шөллерде, Нефть кәни бар бул жерде (И.Юсупов).
2. Пайдалы қазылмалар топланған жер ҳәм усы қазылмалар топламы.
Усы дуз кәнинен ешекли, түйели, арбалы дуз алдырып, сол дуздан көп жерлер пайдаланған («Жеткиншек» г.).
3. Көплик, молшылық.
Тумсығын суғып дәниме, Қол салды мийнет кәниме (Күнхожа).
4. Көп, мол.
Бирақ, сөйлескен менен сөйлескенниң, бас-аяғы кән (Ө.Хожаниязов).
Арадан кәнўақөтти,... (Қ.Ирманов).
Исим питти деп ойланба, Питпеғен ис кән, қарақалпақ (С.Мәжитов).
5. Нәтийже, негиз.
Шайырлар жазса жыр басы, Азада егин ағзасы, Тойлардын сыйлы саўғасы, Жипек пахта кәнин мақта (К.Султанов).
Белгилепти Қазақстан жерлерин, Тастырыўға ақ бийдайдың кәнлерин (Т.Сейтжанов).
6. аўыс. Тийкар, дәрек.
Бул бахыттың гүллери — өмирдиң сәни, Бул бағдың мийўасы — өмирдиң кәни (И.Юсупов).