ф. 1. Қуўаныў, шадланыў ўақытларындағы езиў тартыў, мыйық тартыў, жымыйыў, ғарқылдаў, шақалақлаў, кеңкилдеў.
Ол «Бир акшам да жолдаслыққа жарамадың», — деп куледи (Ө.Хожаниязов).
2. Күлки менен масқаралаў, мазақдаў, мысқыллаў.
Жигит куледи, жасы үлкен оны сыйлағанлық деп түсинеди (Г.Есемуратов).
Қара ғәумисти жетеклеп киятырған кемпирдиң жүрисин ерси көрип Жаббакдар оның сыртынан қарап кулди.
0 Әўилдеп күлиў — жас баланың даўыслап әўилдеўи, кулиўи.
Туўылып анамнан әўилдеп кулгеним, Есим енип қуўанғаным, жүргеним (Ә.Шамуратов).
Дуў күлиў — көпшиликтиң даўыс шығарып бирден кулисиўи.
Журтты дуў кулдирип ысқырып сонда,... (И.Юсупов).
Жолдаслары дуў кулисти (Т.Қайыпбергенов).
Жадырап күлиў — кеўилли болып, кеўли йошлы болып күлиў.
«Түсинбеппен аў оған мен ғешше», Деп жас жигит жадырап кулди.
(И.Юсупов).
Жайнап күлиў — кеўилли түр билдирип күлиў, кеўли шад екенин билдирип кулиў.
Апақ- шапақ жайнап кулип отырған (И.Юсупов).
Жорта күлиў — өтирик кулиў, илажсыз кулиў.
Жорта кулип шақақлама, Орынлы ис исле, балам (Бердақ).
Жүзи күлиў — тек бетәлпетиниң кулиўи, күлим шырай бериўи, ал, ойында басқаша болыў.
Жүзлери кулип жылтырап, Ишлери турар сотласып (И.Юсупов).
Жымыйып күлиў — сәл ғана ыржыйыў, азғана мыржыйыў, езиў тартыў, мыйық тартыў.
Әсиресе, усы минутларда Оразгүл маған не ушын жымыя күле берип қарамас екен деген қыял балалық кеўлимди бийлеген еди (Ж.Аймурзаев).
Ерксиз күлиў — мәжбүрленип күлиў, өзин бийлей алмай күлиў.
Палман менен Сапар ерксиз күлип жиберди (М.Әбдирейимов).
Гүллер күлиў — аўыс. жайнаў, жадыраў, кулпырыў.
Суў бойында гүллер күлип, Қарлығашлар сайрайды (И.Юсупов).
Ғарқылдап күлиў — даўысын қатты шығарып күлиў.
Ғарқылдап күлип, бабаға кеўли толып, ықласына ырза болып, бир ҳәмиян қолына қызыл берди («М әспатша»).
Ғырқ-ғырқ күлиў — масқаралап күлиў.
Жолдаслары түйилген текелердей ғырқ-ғырқ күлди (Т.Қайыпбергенов).
Заўықтанып күлиў — қуўанышлы түрде күлиў, кеўилленип күлиў.
Дәрья бойда олар шалқып, Шын заўықтанып күлди қатты (И.Юсупов).
Ишек силеси қатып күлиў — қайта- кайта даўысын шығарып күлиў, тынбай күлиў.
Оны Нуржан сезип қалғанлықтан ишек-силеси қатып күлди (С.Хожаниязов).
Кәрван басының да ишек-силеси қатып күлип-күлип, жолдасы менен арқа сүйесип нар үстинде пәрўайсыз уйқыға кетти (Т.Қайыпбергенов).
Кеңк-кеңк күлиў — даўысын қатты шығармай әсте-әсте күлиў.
Мурат шайық бетин қалпағы менен сыпырып кекесине кеңк-кеңк күлди (Т.Қайыпбергенов).
Кеңкилдеп күлиў — даўысын изли-изинен қайта-қайта шығарып күлиў.
Әзберген де, Әжинияз да кеңкилдеп күлип киятыр (К.Султанов).
Күле бериў — тоқтамай күлиў, иркилмей күлиў.
Папасына, мамасына, апаларына, ҳәттеки келген қонақларға да қарап баяғыша күле берди (Ө.Айжанов).
Күле қараў — күле шырай берип қараў, күлимлеп қараў.
— Алочка! — дедим мен қыздың көзине күле қарап, оның қолын шап берип усладым (Ө.Айжанов).
Күле шырай бериў — жаўыраў, жүзи күлки арқалы кеўилли түрге ениў, жаснаў, жайнаў.
— Қармаңыз! — деди күле шырай берип көз қырын таслаған Шыныбийке (Ж.Аймурзаев).
Күлим қағыў — күлимсиреў, күлимлеў, күле шырай бериў.
Доктордың көзлери жыпылықлап, күлим қақты (Ө.Хожаниязов).
Деди де Таня күлим қағып, Жуп шелегин алды қолға (И.Юсупов).
Күнниң күлиўи — аўыс. Қуяштың жайнаўы, аспанның ашық болыўы.
Ала таўдың аспанында күн күлип, Қара таўда Шолпан туўып атқандай (И.Юсупов).
Қуяштай күлиў — жайнап-жаснап, кеўилли болып күлиў.
— Әне осырақ, саған айттым, менде Алпамыстың күши бар, — деп Кеўлимжай атын өкиреңлетип барып, ғарры торыда қуяштай кулип отырған баланы қамшы менен түртти (Т.Қайыпбергенов).
Ларс күлиў — қатты даўыс пенен бирден кулиў.
Бул кирип келген маймыл түс Абдулғазы ханның өзи еди, асаў қыздың «ўай, апа!» деп, шыңғырған сестинен ләззетленди ме, «ҳаҳа-ҳалап» ларс-ларс кулди (Т.Қайыпбергенов).
Муртынан күлиў — тек мурты кыймылдаў, қозғалыў, кулгени муртынан билиниў.
Муртынан кулип қарайды, Өткерип көзден ҳәммесин (Б.Қайыпназаров).
— Дурыс-ғо, — деди ғарры муртынан кулиўинше (М.Нызанов).
Мурнының ушынан күлиў — кулгенде мурнының ушы қыймылдаў, белги бериў.
Мийирхан мурнының ушынан кулди (Ө.Хожаниязов).
Мыйық тартып күлиў — әсте күле шырай бериў, ыржыйып қойыў.
Әсте ғана Сәуле мыйық тартып кулди (Ө.Хожаниязов).
Мыржыйып күлиў — мыйық тартыў, езиў тартыў.
Ол маған қарап мыржыйып кулди (Т.Қайыпбергенов).
Мырс(-мырс) етип күлиў — әстелеп кулиў, мырсылдаў, даўысын әсте шығарып кулиў.
Келиншектиң өзи де кеңкилдеп, мырс- мырс етип күлди (К.Султанов).
«Қызық адамсыз» деп мырс етип кулди (И.Юсупов).
Мысқыллы күлиў — мазақ етип кулиў, кемситип кулиў.
— Ну смотри! - деп мысқыллы кулип қояды (М.Нызанов).
Қыз және бизлерди ермек еткендей мысқыллап кулди (М.Нызанов).
Ойнап күлиў — жайнап-жаснап жүриў, қуўанышлы болып жүриў.
Ҳәзир сәудиги менен бир ойнап кулиўге зар (Ө.Хожаниязов).
Жарасар ма ойнап-кулиў, Еллиде белли өмирим (Бердақ).
Орынсыз күлиў — ретсиз күлиў, қолайсыз кулиў, жағдайсыз кулиў, бийжағдай кулиў, бийорын күлиў.
Басқа сөз есиме кирип шықпады, тығыла да бериппен, орынсыз куле де бериппен (Ө.Айжанов).
Сылқ-сылқ күлиў — кулген ўақытта денеси де қозғалып кулиў.
Алтын шәрдөреде сылқ-сылқ куледи, Көз алмай таўыс ҳәм қырғаўыллардан ... (И.Юсупов).
Сыңқ-сыңқ күлиў — даўысын әсте шығарып кулиў, сынқылдаў.
Сөуле бул Ержанға көзиниң қыйығын салып сыңқ- сыңқ кулди (С.Хожаниязов).
Көзимнен қолларын жаздыра берип, Сыңқ-сыңқ етип кулди алдыма келип (И.Юсупов).
Тислерин көрсетип күлиў — әсте ғана жымыйып қойыў, кулгенде тислери көриниў.
Аманлықтың жүзи қызыл гүлдей қызарып, ақ гүл ғумшасындай тислерин көрсетип кулди (Т.Қайыпбергенов).
Шадлы күлки — йошланып, кеўилли болып кулиў.
Ол ораққа шықса, күнликши халқы, Шадлы кулкилерге батар удайы (И.Юсупов).
Шадлық пенен күлиў — қуўанышта күлиў, ўақыт-хошлық пенен күлиў.
Шадлық пенен күлген даўыслары бағдағы бүлбиллердиң сести менен қосыла жаңлайды (Ж.Аймурзаев).
Шақалақлап күлиў — қатты даўыс шығарып күлиў.
Буны көрип Гүлайым, Шақалақлап күледи («Қырқ қыз»).
Шақалақ атып күлиў — даўысын қатты шығарып күлиў.
Ал, ол болса мениң аўырсынғаныма шақалақ атып күлиўи менен машинаға барып отырды (М.Нызанов).
Ҳәзиллесип күлиў — дәлкеклесиў, ойнаў.
Баслық көптиң бири болып ҳәзиллесип күлип отыр (Г.Есемуратов).
Ықлас пенен күлиў — шын берилип, жаманлықты ойламай күлиў.
Оның ықлас пенен күлгенин көрип, Ойлар едиң қыз екен деп әрмансыз (И.Юсупов).
Ыржыйып күлиў — әсте аўызын ашып қойыў, мыйығын тартыў.
Сәлийма ыржыйып күлди (К.Султанов).