⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮЙЕЎ

Қарақалпақша

ат. 1. Қаялдың, қатынның байы, ери, қостары, жубайы, жуптысы. Өзи күйеўи менен зинданда қала береди (ққ.х.е.). Турмыс қурдым, бир ул, бир қызымыз бар, Күйеўим сазенде, әжайып адам ...(И.Юсупов). 2. Турмысқа шығып кеткен қыздың байы, ери, қостары, жубайы. Қызынды берген күйеўдиң, Геўдеси қалып бас келди («Қоблан»). 3. Ержеткен қызды айттырып келетуғын үйленбеген жас жигит. Апамнан булар ким деп сорасам, саған келген күйеўлер сыбырлайды (Т.Қайыпбергенов). Болажақ күйеўдиң аты-жөнин биле алмады (Қ.Аралбаев). Киятырман сапар тартып алыстан, Күйеў болып ишиў ушын дузынды («Қырқ қыз»). 0 Күйеў бала — турмысқа шығып кеткен қыздың ери, қостары, жубайы. Қыздың төркин жағына ҳәм қыз айттырып келген жигит күйеў бала болып есапланады. Ҳәзир оны көрип «күйеў бала усы ма екен» деп ойлады (Т.Қайыпбергенов). Күйеўге шығыў — турмыска, байға, ерге кетиў, узатылып кетиў. — Күйеўге шыққан менен ҳәзир тул ғой! (Ж.Аймурзаев). — Жақсы көреди, әттең, күйеўге шығып қойды (Ж.Аймурзаев). Күш күйеў — ҳаялдың ериниң оның үйинде, аўылында жасаўына байланыслы айтылады. Иш десе яқ деў қолайсыз, күш күйеў атымыз бар. Буларда бирақ, күш күйеўлик айып емес кусайды (М.Нызанов).