КИЙИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Адамдардың үст кийимлерди үстине жамылыўы, суғыныўы, бүркениўи.
Аяғыма кийгенлерим саўырды, Саўыр кийғен аяқларым аўырды (ққ.х.қ.).
Ат белине минеди, Ийнине саўыт кийеди («Алпамыс»).
Я ол жеўге аўқат болмаса, кийиўге кийим болмаса, оның бизге неге кереги бар еди? (А.Бекимбетов).
2. аўыс. Қулпырыў, дөниў, доланыў, гүллениў.
«Оқ жетпес» бир таў екен өзи бийик, Көринис берип, жасылдан сарпай кийип (А.Дабылов).
Көркейип дым өзгерилген, Қандай сулыў хасыл кийген.
0 Кийип кетиў — а) бир кийимди жамылып кетиў.
Сол жыңғылға шекем геўишти кийип кетти, ... (Ж.Аймурзаев).
б) бас салыў, жапырыў, күш бермеў, ерк бермеў.
Қойлар да атыздың ишин кийип кетти, ... (Б.Кербабаев).