⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕҢСИРЕК

Қарақалпақша

ат. Мурын сүйеги астындағы куўыс, мурынның жокарғы бөлеги оң ҳәм сол жақ кеңсирек сүйеклеринен қуралып төменги бөлеги шемиршек болады. Ақшагүл көзиниң жасы балаларына тамып кетиўден қорқып, кеңсирегиниң үстине орамалын тутып турып дәслеп Есенди, соң Қуўатты сүйди (М.Нызанов). 0 Кеңсирегин жарыў - ашшы ийис шығарыў. Үйге толған қара түтин кеңсирегимди жарғандай ашытып жиберди (Қ.Ирманов). Кеңсирегин бузыў — урыў.