КЕШИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жаптың, каналдың, арнаның, дәрьяның, көлдиң ҳәм де жайылым суўлардың ишинен жүрип, екинши жағына өтип шығыў.
Ат басына күн туўса, Суўлығы менен суў ишер, Ер басына күн түўса, Етиги менен суў кешер (ққ.х.н.м.).
Көбейип тур арамыздан қан ишер, Жетим жылап, ылақ маңырай суў кешер (Күнхожа).
2. Бас тартыў, үмитин үзиў, гүдер үзиў.
Оны татқан адам кешеди палдан, Ҳәм өз келешегин сезеди алдан (И.Юсупов).
Бәйбише ғарғысы тести мийимнен, Бундай зар заманнан кештим мен бүгин (И.Юсупов).
3. Өтеў, қайыл болыў.
Еле де мен ешегиңе берген жемниң пулын достым ушын кештим, — деди (Қ.Айымбетов).
Кеш гүнамды? — деди гезде, жас жүрек, Ойнап кетти тас тийгендей бир бөлек (И.Юсупов).
4. Больш өтиў, болыў, жалығыў, дусласыў, ушырасыў, қыйыншылыққа ушыраў.
Биреўди ая ҳәм аянышлы бол, өйткени сениң жас басыңнан сондай ҳәдийселер кешип отыр дегендей ойлардың жуўмағы Жумагүлге тыным бермеди (Ө.Айжанов).
Енди сенсиз үйдиң ҳалы не кешер, Қәўенлерсиз тулдың ҳалы не кешер, Жетим қыздың, улдың халы не кешер, Болмас па залымға талап Алакөз (Қ.Ирманов).
5. Дүньядан өтиў, жан тапсырыў, өлиў, тамам болыў, қайтыс болыў.
Жаны қашан кешипти, Бас астына түсипти (А.Дабылов).
0 Бир қасық қанымнан кешиў — әпиў етиў, өтеў.
— Тақсыр, бир қасық қанымнан кешсең, айтатуғын бир сөзим бар, — дейди (ққ.х.е.).
Уйқыдан кешиў — уйқыдан үмит үзиў.
Жигитлер жақсы менен ойнайын десең, Уйқыдан кешерсең шадланып күлсең (Әжинияз).
Пайдасынан кешиў — гүдер үзиў, үмитин үзиў.
Бул ийтиңниң пайдасынан кешпесең.
Я айрылып елден аўлақ көшесең (Әжинияз).
Қаннан кешиў — жанын бериў, өлип кетиў.
Гүлайымды алса кештим қанымнан, Ақыретте олла разы бол аман («Қырқ қыз»).
Кәўил кешиў — күнелтиў, тиришилик етиў, күн көриў.
Енди қалай мениң кәўлим кешеди.
Әрман менен қолдан кеткен жан аға (Омар).