КЕРИЎ
Қарақалпақша
ф. Бир нәрсени тартыў, созыў, жазыў.
Сонлықган, дегдини керип, суўда оны тик услап жүриў қыйын болады (А.Бекимбетов).
Қаршыға менен лашын, Керип жаяр қулашын («Алпамыс»).
Ҳәр қыялды ойлады, Жүни өсик бир қарыс, Бес ақ ешки сояды.
Керип-созып терисин, түрли реңге бояды ... («Қырқ қыз»).
0 Қасын кериў — қасын жазыў.
Ағам қойыў қасларын керип, бойын тиклеп сөйлемекши болып тамағын қырынды (Т.Қайыпбергенов).
Адымын кериў — адымын, аяғын қатты ашып жүриў.
Сол сөзлерди бир айтып, Айланып суўпы қашады, Адымын керип басады («Мәспатша»).
Тартып майданның танабын, қызыл кумда жаныўар, Таслады керип аяғын, Барып ерте қайтыўға, Қарыў күшин салады («Қырқ қыз»).
Төсин кериў — көкирек алдын жазыў, керилиў.
Ерксизден еңиретип, Аршын төсин керемен («Қырқ қыз»).
Қулаш кериў — қулашын жазыў.
Кулаш керип көлбеп жатқан жер, Қулпы дөнген көклер менен малынды (Ж.Аймурзаев).
Көкирек кериў — төсин жазыў, шалқайыў.
Сәўле бойын тиклеп кекли кисидей көкирегин керип сөйледи (С.Хожаниязов).