КЕМПИР
Қарақалпақша
ат. 1. Қартайған қатын, жасы үлкейген ҳаял.
... мақпал көрпешениң үстинде ақ шашлы кемпир, оның қасында он еки қыз китап оқып отыр (С.Хожаниязов).
2. Биреўдин туўған анасы, апасы.
Бизиң кемпир мәрт-аў, — деди Сапар күлимсиреп (К.Султанов).
3. Ғаррының ҳаялы, қатыны.
Барып отырғаннан кейин ғарры кемпирине: — Кемпир, ағайинлерге тамақ ас — дейди (ққ.х.е.).
— Жақсы, бүгиннен баслап түсиниўге тийислимен, кемпиржан, — деди ғарры, ... (Т.Қайыпбергенов).
4. Қара малдың аўырыўы.
Мал бундай жағдайда өкирип өледи.
Сыйырым кемпир менен айқасты (Д.Насыров, Т.Бегжанов).
0 Мәстан кемпир — жөги, жуўҳа, қақсал, сыйқыршы.
Мәстан кемпир келген соң, Екеўи атты ертледи («Қырқ қыз»).
Кемпир бет — бетине ғаррылық белғиси тийискен адам.
Мелле шапан кийип, белин ақ белбеў менен шомдай буўған кемпир бет Қасым ийш ан бир баў ақ пиш ендей болып отырған екен (Т.Қайыпбергенов).
б) көсе.
Убайдулланы курдаслары кемпир бет, Бекимбетти көсе деп дәлкеклейтуғын еди.