КЕЛИН
Қарақалпақша
ат. 1. Баласының ямаса инисиниң ҳаялы.
— Ҳаў, мениң келинимди әкелип бер (С.Хожаниязов).
2. Ағайын-туўғанлардың өзинен кишилердиң ҳаялларына қарата қолланылатуғын сөз.
Бүгин көрсем Жумамураттағы келин, ... әллекашан турып қар артып жүр екен (Т.Қайыпбергенов).
3. Ҳәмме жас ҳаялларға қарата айтылатуғын сөз.
— Келин, саламат отырсызлар ма? (Т.Қайыпбергенов).
0 Келин бала — жас ҳаялларды еркелетип айтылатуғын сөз.
Әне, келин бала сен ҳәм ядлаған болсаң бәримиздиң басымыз бирдей болғаны (Т.Қайыпбергенов).
Келин-пелин — а) еле келин болып түспеген, келин етип алмаған келешектеги келинге айтылатуғын сөз.
— Келин-пелин гамластырып жүрмисең? (Т.Қайыпбергенов).
б) келин ҳәм тағы басқа биреўлерди қосып айтатуғын сөз.
в) Келин-кепшик — жас ҳаяллар, келинлер хәм басқа да адамларға айтылатуғын сөз.
Келин-кепшиклер саў ма? (А.Бегимов).
Келин бармақ жийде — Жийдениң кишилеў, томпақлаў түри.
Келин бармақ екпе жийде, Бағыңда бар Күлен болыс (Бердақ).
Келин бармақ жүзим — жүзимниң ири сопақ түри.
Келин бармақ жүзимлерди көргенде Кәраматдинниң аўзының суўы қурып кетти (Ж.Аймурзаев).