КАРТА
Қарақалпақша
ат. 1. Жер бетиниң оның жеке бөлеклериниң киширейтилип қағаз бетинде көрсетилиўи.
Сыртқы қапыдан кире берген аўызға қызыллы-жасыллы үлкен карта дийўалда илинип тур (Н.Дәўқараев).
Капитан терең ойға кетип, нәзерин дийўалдағы жер шарының картасына тигип турды (А.Бекимбетов).
2. Егис жериниң бир тутас бөлеги.
Жаңа жерлерди көплеп өзлестирсек, пахта егисиниң карталары үлкен ҳәм бәри бир жерде болыўы да мүмкин (Т.Нәжимов).
3. Қатты атластан ямаса жай қағаздан төрт мүйешли исленген ойын картасы (ойнаўға арналған түрли-түрли қатты қағаз).
Жигитлер жумбақ айтысты, карта ойнады ма, әйтеўир көп ўақытқа шекем әңгимелесип отырды (Г.Есемуратова).
4. Белгили бир мағлыўматларды жазыўға арналған дәптерше, бланк.
Санаториялық карта.
Докторларға «тосыннан болған ҳәдийсе» деп карта толтырғызлық (М.Нызанов).
5. кәрит.
гөн.с. Ең аңсат жол бүгин усылы жәдит, қабыл етесең, жайдың алдына кәрит (С.Мәжитов).