ИШ
Қарақалпақша
ат. 1. Қарын, қурсақ.
Үңгир аўзына жақын турған Әўезов ишин басты да, гүрсинип бир қапталға қулады (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Көңил, жүрек.
Гүлжан жеңгей жуўап урар күлимдеп, Томсыраймас ишимдегини билиң деп (И.Юсупов).
Сөйлеп иштеги шеримизди тарқатамыз (М.Дәрибаев).
3. аўыс. Бир нәрсениң ишки жағы, ишки бети.
Жай иши қараңғы (Т.Қайыпбергенов).
Есиктен ишке кире бергеним усы еди, әкем қушақлап алып баўырына басты (Ө.Хожаниязов).
Вокзал иши толған халық (Ш.Артық).
0 Иши ашу — қыйналу, күйину.
Асқар қойларға иши ашып қарайды («Әмудәрья» ж.).
Ишинен тыну — көңлинде бир сырды сақпаў, пикир сақтаў, тымсырайыў, үндемеў, тил қатпаў.
Әне соннан бермаған Ҳәкимбай ақсақал ишинен тынып «хәссений» деп тисленип жүреди екен (әд.хрест.).
Ишин жыртыў — қапалану, тынышсызлану, қыйналу, күйину.
Буны көргенде Нурымбеттиң ишин жыртқандай болды (Ө.Айжанов).
Ишин өртеў — қатты қапа болу, тынышсызлану.
Еки қатын күндеслиги ишин өртеген бәйбише бийдиң салқын қорағанына бултыйып қалды (Қ.Султанов).
Иши нысу — жалығу, зеригу.
Ишим писип не қыларымды билмеймен (Ә.Шамуратов).
Ишин тарту — өкину, қыйналу.
Ол бирден ҳаўлығып шоршып кетти де, сўық демин алып қайта гүрсинип ишин тартты (Ө.Хожаниязов).
Иши жаныў — қыйналу, күйину.
Сермеўге қолым жоқ тур ишим жанып, Не жақсылық болсын түскен соң қолға (Ш.Артық).