⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЛИЎ IV

Қарақалпақша

ф. аўыс. Кийиў, жамылыў. Кийимди үстине илиўди де умытып қапыға қарай умтылды (К.Смамутов). Бекбийке екинши мәртебе көйлегин көрсетти — үстиме илип алардай қалғаны ҳәзир тек усы ғана (Ө.Айжанов). Екеўимиз сүўретке түсейик, — деди бир күни ҳәмме таза кийимлерин үстине илип (М.Нызанов). 0 Қулаққа илиў — тынлаў, еситиў. Қулағына илмейди, жаман нәсият айтпа («Мәспатша»). Зейни илиў — түсиниў, билиў. Ашықлықты зейни илди, Сер салды қыйыр қыяға («Мәспатша»). Көзге илиў — есапқа алыў, сер салыў. Малы жоқ деп маған қызын бермейди, Пулың жоқ деп жеңгем көзге илмейди (Бердақ). Өкшеси илиў — аўыс. Күш алыў, бир нәрсеге сүйенип, услап турыў. Өкшеси илер жер таппай қармалаған Қосыбай қыздың қунын даўласып еди (К.Султанов). Илип сөйлеў — қағытыў, астарлап айтыў. Көрген жерде илип сөз айтатуғын болды (А.Бегимов). Ол айтқаны дурыс, — деди Өтемурат гәптиң ушын илип алып (К.Султанов).