ИЙТ
Қарақалпақша
ат. Жыртқышлар топарынан есапланатын үй ҳайўаны.
Анда-санда шабаланып үрген ийтлердиң сести келеди (Ө.Хожаниязов).
Бийсәўбет киятырған кисини жатырқағандай дәўсебен ийтлер шабаланып үрип алдынан шықты (К.Султанов).
Абылқайыр менен Ғайып хан сүйегимизди ийтке таслатады (Т.Қайыпбергенов).
Көзин ашар-ашпастан сүт берип сақлаған бир гүржи ийтим бар еди (М.Нызанов).
0 Ийт жеги — аўырыўдың бир түри.
Қырқ биринши жыл еди, Ўатан үстин қаплады булт, Күн батыстан қанлар шашып, Уўлар шашты ийт жеги қурт (Ж.Аймурзаев).
Ийт жыртқандай — жүдә тынышсызланыў, қапа болыў, қыйналыў.
Буны көргенде, Нурымбеттиң иши ийт жыртқандай болды (Ө.Айжанов).
Ийт жанлы — өлермен, шаршамайтын, болдырмайтын, ҳарымайтын адам.
Ийт тийиў — дин. Бирэўдиң көзи өтиў, аўырыў.