⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЗАМАН I

Қарақалпақша

ат. Дәўир, мәҳәл. Осы күнлердеги абадан заман үшин бизлер де қан төктик (К.Султанов). 0 Заман зардабы — белгили дәўирдеги аўыр аўқат, жағдай. Ақыр мениң солдырмағай жүзимди, Заман зардабынан көрмейди көзим (Бердақ). Бир заманларда — бир ўақытта, дәўирде, жағдайда. Жумагүлдиң күйеўи бир заманларда атағы әлемге жайылған пахтакеш ғаррыға шәкирт болып, көптиң көзине түскен еди (Ө.Айжанов).