⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЗАЎЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Зымыраў, зытыў, тез. Заўлап өтти бир Әшир, Алтынбайдың үйинен («Қырқ қыз»). Үйдиң иши жыйналып тыңдайды, мен заўлатып оқыйман (Ә.Шамуратов). Талай айлар, жыллар елеспесиз заўлап өтти (С.Салиев). 2. Лаўлап жаныў, алысыў, лаплаў. Заўлап жанған оттың жарығы ҳә демей жән-жаққа түсти (А.Әлиев). 3. Тоқтамастан, иркилместен, изли-изинен ағыў. Тура алмады қыз орнынан, Қан ақты заўлап мурнынан (Бердақ).