ЖӨН III
Қарақалпақша
кел. Әпиўайы, жай, қайым.
Өлең келгенде қайырлармыз, Молдеке, жөн өлеңнен айтысайық (Әжинияз).
0 Бир жөн - ебиндей болатуғын, рабайлы.
Жөнин айты — дурысын айтыў.
Жөн билиў — мәнисине түсиниў.
Жөнине жүриў — хеш кимге тиймеў, тынышына жүриў, ҳеш кимди гәп-сөз етпеў.
Жөнге салыў (түсириў) — тәртипке салыў.
Жөн алды қарабарақ — қалай болса солай, өз бетинше, өз билдигинше.