⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖУМСАҚ

Қарақалпақша

кел. 1. Бос, былқылдақ. Жумсақ нанын болмаса, Жумсақ сөзиң болсын (ққ.х.н.). Жумсақ төсек. Жумсақ жер. 2. аўыс. Жағымлы, сүйкимли, унамлы, пәкизе. Ҳақ кеўилли, пәк жанлы, жипектей жумсақ минезли Жәмийласы қайда (К.Султанов). 3. аўыс. Жыллы, пәкизе, әндамлы. Суўы мол, жери кебирсиз, топырағы таза, хаўа райы жумсақ жерде дақылдың барлық түри де жақсы өседи ҳәм жокары зүрәәт береди. Жумсақ сөз — адамның зейнине тиймейтуғын сөз.
ф. 1. Жумыс ислетиў, жумысқа жегиў, жумыс етгириў. 2. Тапсырма менен бир жақка жибериў, жегиў, буйырыў. ...бийтаныс аўылда кисини түн ишинде түўе күндиз жумсаў қыйын (Т.Қайыпбергенов). 3. Сарплаў, саўыў. Газета ҳәм журналларға жазылыў ушын жүз манат жумсадым.