⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАҒДАЙ

Қарақалпақша

ат. 1. Аўхал, ҳал, турмыс. Бизлердиң жаслық заманымыз бираз басқаша түрде, басқаша жағдайда өтти (А.Бекимбетов). Билмейсең Нүреке үйдиң жағдайын (Х.Сейтов). 2. Уақыт, пайыт, гез. Төреш дағдарыста қалған жағдайда екеўи де қәўенлерсиз қалады (К.Султанов). 3. Шама, мүмкиншилик. — Көрип отырсызлар ғой, той бергендей жағдай жоқ (Қ.Ирманов). 4. Себеп, дәлил, сылтаў. Сүттей татыўлыққа уйытқы болған тағы бир жағдай бар (К.Султанов). 5. Болған ўақыя, ҳәдийсе. Бир сапары мынадай жағдай болды, Екинши жер жүзилик урыс жағдайында да темир жолларын инабатлы атқарып шықты.