⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАТЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир нәрсениң үстинде горизонталлық жағдайда болыў. 2. Узынынан түсиў. Айналайын ақ бөпе, ақ бесикте жат бөпе (ққ.х.қ.). 3. Заттың бир орында болыўы, турыўы. Бел менен кетпен атыздың ишинде жатыр. 4. Сўық урып ямаса басқа бир себептер менен жапырылып, жығылып қалыў. Салыны жатып қалмастан бурын жинап алыў керек. 5. Қонып шығыў, болыў. Мен станцияда үш күн жаттым. 6. Мирасар болыў, тән болыў, тийисли болыў. Жатып ишер — харам тамақ, мийнет етпейтин жалқаў. Қарап жатыў — еш нәрсе истемеў, бийқар жүриў, жумыс етпеў.