ЖАЛМАЎЫЗ
Қарақалпақша
ат. 1. миф.
Ертеклерде ушырасатуғын адам баласына карсы душпан, күш, тәжжал.
Памир таўларының биреўинде жети баслы жалмаўыз болыпты мыс, алдына дус келгенниң ҳәммесин жалмап жутады екен (кк.х.е.).
Алды менен сени жалмаўыз, қақбас кемпир демей ме? (Ж.Аймурзаев).
2. Мешкей, ашкөз, тойымсыз, Аўқатқа тоймайтуғын ҳәзирги заманның жалмаўызы деп қурдаслары Турымбетти дәлкек қылатуғын еди.
3. аўыс. Залым, душпан, қанхор, қан ишер, жаўыз.
Қара жүрек жалмаўыз, Аңлып турып оқ атты (Ә.Шамуратов).
4. аўыс. Халықдәстүри бойынша өз перзентлери өлгеннен кейин кара бас болып қалған көп жасаған кемпир-ғаррылар.
Жалмаўыз кемпир — миф.
ески ертеклерде адам баласына қаскүнемлик қылатуғын жәдигөй ғарры ҳаял, қатын.
Көзи мәштей, шандыры тастай, кесели қозған, отырғанда еки дизеси кулағынан зәрре озган, маңлайы қара жалмаўыз кемпир еди («Алпамыс»).