ЖАЛА
Қарақалпақша
ат. Жалғаннан, өтириктен тағылған айып, өсек, ғыйбат, ғәремет.
Жар жығылып жайын өледи.
Жала менен ер өледи (ққ.х.н.).
0 Жала жабыў — биреў туўралы өтириктен қаралаў, айыплаў, гүналаў.
Жала-жалған — өтирик сөйлеўшилик, наҳақтан жандырыўшылық.
Бурын үлкен даўға түспеген, жала-жалған менен иси жоқ, ақ көңил Қосыбайдың қуйысқаны босап кетти (К.Султанов).