ЖАЙЛАЎ I
Қарақалпақша
ф. Аралаў, иелеў, көриў.
Қара терең Урыктыны жайлаған, Сүриў-сүриў падаларын айдаған (ққ.х.қ).
2. аўс.
Денеге әстен таралыў, кем-кемнен өтлесиў, аўырыў.
Қол-аяғымды байладың, Зәҳәрдей болып жайладың.
Қан ишип тойлар тойладың, Мийрими жоқ сүр екенсең (Бердақ).
3. аўс.
Өлтириў, жоқ етиў, гүм етиў.
Еки рет атылған оқ, Еки ийтти жайлап бирден, Жаўдың дийдин болдырған жоқ (И.Юсупов).