⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАБЫЎ II

Қарақалпақша

ф. 1. Бекитиў, қаўсырыў, жаўыў. Есикти жабыў. Қазанның қақпағын жабыў. 2. Көрсетпеў, жасырыў. Уялғанынан бетин жабыў. 3. Бир нәрсе кийгизип сыйлаў, сарпайлаў. Сарпай жабыў. 4. Барлық күшти бир жерге топлаў, жәмлеў. 5. Бир нәрсениң алдына гедирги жасаў, иркиў, бөгеў. Кранды жабыў. 6. Бир нәрсениң ҳәрекетин тоқтатыў, исин, жумысын иркиў. Жыйналысты жабыў. 7. Қызған тандырдың ишки бетине нан, шөрек жабыстырыў. Тандырға шөрек жабыў. 8. Жала жабыў ҳәм адамға гүна тағыў. 0 Бирэўдиң абырайын жабыў — кемшиликлерин, қәтеликлерин, жетиспеўшиликлерин жасырыў. Аўызды жабыў — сөз қоспаў, сөйлемеў, индемеў. Қылмысын жабыў — ислеген жынаяттың изин билдирмеў. Айыбын жабыў — кемшилигин бүркеў. Бирэўдиң абырайын жабыў — биреўдин кишигирим кемшиликлерин, қәтелигин, жетиспеўшиликлерин көпшиликке жәрия етпеў.