⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕТ I

Қарақалпақша

ат. 1. Адамдардың, жанлы-жаныўарлардың ҳәм маклуклардың сүйегине жабысып туратуғын денеси. Булшық етим искен сыяқлы аўырады (Ө.Хожаниязов), Әсиресе, Зийўардың, Ети жаман туўлайды («Ер Зийўар»). Конгода урған бир таяк, Батар мениң етиме (И.Юсупов). 2. Тамақ ислеў ушын таярланылған ҳәр түрли жанлы-жаныўарлардың бөлшекленген мүшеси. Кәбап етип писирди, Өлген қойдың етлерин («Қырқ қыз»). Шопан терисин сылып алып етин қасқырға береди, қасқыр жеп алады (ққ.х.е.). 0 Ети шимиркениў — түршигиў, титирениў, жуўлаў. Дәслеп етим шимиркенип қоркайын дедим (Ө.Хожаниязов). Булшық ет — санның, билектиң тутас ети, етлес жери. Бәрҳа көкирегин керип көйлегиниң ашық жағасынан балалы хаялдың емшегиндей етип, бултыйған булшық етин шығарып ширенип жүреди (А.Бекимбетов). Ети қызыў — ысыў, лаплаў, жаныў, ...баланың ети қызып шыдамай жатыр,... (Б.Кербабаев). Ети үйрениў — көниў, көнлигиў, шыдаў.... кемпирдиң күндеги сөзине де Жаббаклардың ети уйренди (Б.Кербабаев). Еттен өтиў — биреўдиң жаман сөзи екинши биреўге катты тийиўи, батыўы. Сөз сүйектен өтеди, таяқ еттен өтеди (ққ.х.н.м.). Ет-бетинен кулаў — бет алдынан кулаў, дүс төменине қулаў, алды бетинен жығылыў.... абайсызда жерге ет-бетинен қулап ушып түскеним ғана ядымда бар (Ө.Хожаниязов). Ет байлап кетиў — сүйектиң сынған жерин ет басып кетиў. Порқанға қактырып жүргенде ет байлап кетип, баласы майып болды (К.Султанов). Ети өсиў — а) еттиң исиўи, томпайыўы. Тырнағының ети өсип, оны врачқа көрсетти,... («Жеткиншек», г.). б) аўыс. Көзине қан толыў, мәсириў. Сениң көзиңниң ети өсипти заңғар (К.Султанов). Ет писирим ўақыт — бир ет писетуғын аралық, ўақыт, шама. Соның арасында ет писирим ўақыт өтти (Ө.Хожаниязов). Ет қашыў — аўырыў, жүдеў, болдырыў,... кемпирдиң ети қашып болдырыпты,... (Қ.Аралбаев). Ети жуўлаў — түршигиў, титирениў, тоқыў, ...Жәмийла бул сөзди еситип ети жуўлап кетти (К.Султанов). Етин жеў — а) белгили бир нәрсениң етин писирип жеў. ...таўық етин жесең өзиңе жеңил болады, тез тәўир болып кетесең,... (ққ.х.е.). б) урысыў, кейиў, бақырыў, азаплаў. Ағаңа аңлап сөйле көп ишинде еситсе, Бегим сениң етинди жер (Әжинияз). в) азыў, жүдеў, аўырыў, болдырыў. Еки көзи шүңирейип, еки жағы куўсыйып Турабай етин жегендей азып-тозып кетипти («ҚЖ» г.). Етин шағыў — а) тислеў, шымшыў. Жылан баланың етин шағып алыпты (ққ.х.е.). б) аўыс. Тәсир етиў, түршиктириў, титиретиў. Таңғы салқын етин шағып, Сергитеди оны жолда (И.Юсупов).