⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕРИЎ I

Қарақалпақша

ф. Жибиў, балқыў, босаў. Қар ерип, қызыл суў сарлап ақты (К.Султанов). Шыннан жолбарыс берилди, Жолбарыстың денеси, Қорғасын яңлы ериди («Мәспатша»). 0 Жүреги ериў, баўыры ериў, өкпе ериў - жибисиў, босасыў, жуўасыў, балқыў. Сен жыласаң мениң кеўлим бузылар, Баўырым ерип аш жүрегим созылар (Қ.Ирманов). Бирақ, өкпем кетки ерип, Жазда алжасын жаўған қардай (И.Юсупов). ...жүреги ерип, кеўили босасып, көз жасын сел етип жерге төкти,... (А.Бекимбетов). Егитилип ериў — кеўили бузылыў, босасыў, жибисиў. Наўқас қыздың анасы егитилип ериген сайын, қол хақыны молырақ алыў ушын, бойын бәнелеп отырған кемпир, ылақшы еситкен соң... (К.Султанов).