ЕР I
Қарақалпақша
ат. Аттың ямаса ешектиң жаўырынына салынатуғын ағаштан, темирден иеленген курал-сайманның (ер-турманның) бир түри.
Бедеўлерге беккем етип салдың ер, Минип шықтың омыраўдан ақгы тер («Қырқ қыз»).
... ерди арқалап жаяўлап бир ай жол жүрди (ққ.х.е.).
0 Ер-тоқым — көликке тийисли болған үскенелердиң барлық нәрселери, жыйынтығы.
Ер-тоқымын арқалады етип бәнт, Ешки мингенге айтты көп нәлет (Қ.Ирманов).
0 Ақбаслы ер — ердиң басын пилдиң сүйеги менен қапланған ямаса қалпақлы мыс пенен қалайы шегеден қағылған ер.... қуйма зәңғи, ақбаслы ер, ғуббалы қуйысқан менен ғуббалы сийнемент сай етти,... (Қ.Айымбетов).
Ер-турман — көликке тийисли болған барлық үскенелердиң жыйнағы.
... ер-турманлардың ҳәммесин иш кериге киргизип қойдық (Қ.Айымбетов).
Ер-жүўен — көликке тийисли болған үскенелер.
... ер-жүўенлерин тақлап, өз алдына айырып қойды да, уйқыға киристи (К.Султанов).