ЕМЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсениң кем-кетигин толықгырыў ушын жанына қосылатуғын үстеме, қосымта, зат.
Тәрезиниң басын тенлеў ушын емек салып теңгерди,.. («ЕҚ» г.).
2. аўыс. Жуўындыхор, жарамсақ, жалаңкдя.
Бүйтип изиме ере берип емек боласаң ба?... (Б.Кербабаев).
0 Емек тастай — қапталынан қалмаў, изине ере бериў, қыстырылыў.
Әнжим емек тастай изимнен қалмады,... («ҚЖ» г.).
3. Жағымсыз, барлық нәрсеге араласыўшы адам.
4. Бир жерге барғанда ата-анасы я басқалардың изине ерип баратуғын, бәркулла ерип жүретуғын адам.