ЕМ I
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳәр бир аўырыўға қолланылатуғын емлеў хәрекети, емлеў иси, илажы.
Онда барғаннан кейин тәжирийбели врач қәнигелер кеселимди жақсылап пуқта тексерип, түрли емлер иследи (А.Бекимбетов).
— Балам, сен қызға не ем ислеп едиң? (ққ.х.е.).
2. Аўырыўдын (дәртгиң, кеселдиң) айығыўына, саўалыўына пайдасы тийетуғын нәрсе, даўа, шыпа.
Әдираспанды қарапайым халық көбинесе ем ушын пайдаланады, — деди кемпир (Б.Кербабаев).
3. аўыс. Айтылған сөздиң, пикирдиң, ислеген истиң туўры келиўи, басқалар тәрепинен мақулланыўы, дәл келиўи, истиң хақыйкат иске асыўы, журтқа унаўы, бир нәрсениң көпшиликке унамлы болыўы.
Ярдың кеўли ем болады, Тениң соған бағышлы («Мәспатша»).
Оқ атып кеўлинди қылса жарадар, Еми тек мергеннин өз қолында бар (И.Юсупов).