ЕЖЕЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Сөзди таллап, хәрипке, буўынға бөлип оқыў.
Үш-төрт айдан бери бир китапты ежелеймиз де жүремиз (К.Султанов).
2. Тәкирарлаў, қайталаў, мыжыў, езиў.
— Сөйлеп жүрген жоқ па? — деп Сайып тағы ежелеп сорады (Т.Қайыпбергенов).
Мүширип Қосыбайдың бул ежелеген төрелигин жақтырмай, қарсы даў айтты (К.Султанов).
0 Ежесинен шығыў — хәриплеп, буўынлап оқыўдан шығыў, тамамлаў, таўысыў, питиў.
«Әптүйектиң» ежесинен шығып, сүресине түсе алмай, Тилегенниң жүйкеси қурыды (Қ.Айымбетов).
Ежесине түсиў — буўынлап, хәриплеп оқыўға түсиў.
Ол бергенин бес-алты күннин ишинде ядлап алып, арадан жети-сегиз күн өткен соң оның ежесине түсти (А.Бегимов).