⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӨГЕРЕК

Қарақалпақша

ат. 1. Ғүзетиўши, сөйлеўши ямаса басқа шахс, нәрсеге салыстырмалы әмме тәреп, айлана, тум-тус, жән-жақ. Дөгерекке нәзер таслаў. Бәлент таўға шығады, Дөгерекке көзлер салып қарады («Бозуғлан»). 2. Бир нәрсениң гир әтирапы, айланасы. Дөгерегиң шалқар суў, Ишиўге суў таппайсаң (ққ.х.ж.). 3. аўыс. Қандай да бир шахс, топар, күш т.б. бирлестируши орталық, әтирап. Фотоға нәзер салсам төбелеп, Жаса мәңги! Дөретиўши дөгерек! (Ж.Мәңгес). 4. Әти-рапында болған, әтирапындағы. Қайсы жерде болмасын емлеўхана, Қыр дөгерек қорғанша дәрихана (А.Ибадуллаев). 5. Әтирапында, шамаласында... Оның жасы елиў жас дөгерегинде. 6. Қоңсы-қобалар. Дөгеректегилер күлиўи менен жигитти кабина үстинен сүйреп түсирди («Әмиўдәрья» ж.).