⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДӘЎРАН

Қарақалпақша

ат. (арабша, айланба ҳәрекет, айланыў, бурылыў). 1. Бийғам өмир, турмыс; шадлық; бахытлы пурсатлар. Дәуран сүриў. Шадаы дәуран. Мен сорлыға дәуран керек, Дәўранымды излер едим (Бердақ). Салтанатлы оәўран. Кеўлимде мухдббат, баста дәўраным, Алтын жағыс Арал шадлы мәканым (И.Юсупов). 2. Ҳүкимдарлық, жоқары лаўазым, (патшалық, ханлық), мәртебелик дәўири. Биреўлерге дәуран атын мингизген, Биреўлерди жалаң аяқ жүргизген (Ақшолпан Аманияз). 3. Ўақыт, дәўир, заман. Қыз дәўраны өтти мысал көрген түс, Ҳеш нәтийже шығармады өшегис (И.Юсупов). 4. Еркеклер исми. 0 Дәуран сүриў — шадлы турмыс кешириў, өткериў. Ҳәр әз ладтьщ өз дүркин, өз заманы, Сүрип барар дәуран атлы жорғаны (И.Юсупов). Дәўраны келиў —мәртебеси асыў, турмысы жақсыланыў, бахытлы пурсаты басланыў. Гүлпаршынлар әўлады, Қайта келди дәўраны (Ақшолпан Аманияз).