ДҮНЬЯ
Қарақалпақша
ат I 1. Жер жүзи, әлем, барлық.
Дүньяда адамның теңи-тайы жоқ, Залым фәлак буған қарсы жумсар оқ... (Әжинияз).
2. Болмыстың айырым бөлеклери жыйындысы, топламы.
Жулдызлар дүньясы.
3. Жанлы тәбияттың айырым топарлары, олар жасайтуғын орталық.
Ҳайўанат дүньясы, Өсимликлер дүньясы.
Арал теңизиңиң курыўы нәтийжесинде жабайы өсимликлер ҳәм хайўанатлар дүньясы қырылып бармақта (Е.Кднаатов).
4. Әтирапымызды орап турған барлық болмыс, орталық, әтирап, кендик.
Тарға — тар дүнья, кеңге — кең дүнья (ҚҚ.Х.Н.М.).
Етигиң тар болса, Дүньяның кенлигинен не пайда.
Дүнья — шалкар көл, Заман — ескен жел (ҚҚ.Х.Н.М.).
5. Жер жүзи хәм ондағы барлық адамзат, инсаният.
Дүнья таўсылмас — әлўан, Адам — жол жүрген кәрўан (ҚҚ.Х.Н.М.).
Өмирге өрнек салмасаң, Дүньяда болғаның бип-бийкар (ҚҚ.Х.Н.М.).
6. Жер жүзи, ондағы барлық материклер, мәмлекетлер.
Бул дүнья ҳеш ўақга көрмеген шығар, Бир майданда теңиз курып калғанын (И.Юсупов).
7. Турмыс, тиришилик, өмир.
Дүнья кызық, Қуўан жеткермес.
8. фоль.
Гейде бала мәнисинде қолланылады.
0 Бийопа (опасыз) дүнья — ҳеш ким аямайтуғын, соңы өлим менен тамамланатуғын, тегис емес дүнья.
Бес күнлик дүнья — қысқа өмир, өткинши дәўир.
Бул бес күнлик дүньяда, Жатырлас жақын деседи (Г.Қурбанбаева).
Бул (бу) дүнья — диний көзқарасларда жердеги бар, жасап турған дүнья.
Дүньядан қайтыў (өтиў) — өлиў, қайтыс болыў, қазаланыў.
Дүньяға келиў — туўылыў, пайда болыў, бинә болыў.
Дүньяға келип мен арттырдым нени... (Б.Сарыбаев).
Дүньяға батыў — байып қалыў, молайып қалыў, байлыққа ийе болыў.
Дүнья таныў — турмыс шынлығынан, турмыс сырларынан хабардар болыў, илим алыў, билимге ийе болыў.
Дүнья жүзин көриў 1. Ел аралап, көп нәрселерди көриў; 2. Дүньяға келиў, туўылыў.
Жалғаншы дүнья — өтирик, алдамшы, өткинши өмир, турмыс.
Жарық дүнья — жер жүзи, тиришилик әлеми.
Еки дүнья әўереси — еки ортада сарсаң, не қыларын билмей жүриў.
О дүнья, бу дүнья.
1. Ҳәр еки дүнья, ҳәзирги усы ҳәм ол иләхий дүнья.
2. Ҳеш ким, улыўма.
Бири кем дүнья — бир нәрсе жетиспейтуғын, әрманлы, Өли дүнья — пайдасыз, басылып жатқан өли зат, байлық.
Өткинши дүнья — аманат, тез өтип кететуғын, алдамшы өмир.
Пәний дүнья — бул дүнья, жалғаншы дүнья, өткинши дүнья.
Пәний дүнья жаратқанда, Усылай етип таратқан ба? (К.Рахманов).
Дүнья тәғдир болыў — сөзге турмаў, писент етпэў.
9. аўыс. Инсанның руўхый әлеми, турмысы.
Руўхый дүнья.
Қыялый дүнья.
М.Жуманазарова өз поэтикалық шығармаларында руўхый дүньясы бай заманласларымыздың сезимлерин береди, байытады («ҚӘ» г.).
10. Белгили бир кәсип-өнер, илим-пән, соңиаллық хәдийселер тараўы.
Әдебият дүньясы.
Адамзат дүньясы.
11. Мәлим бир соңиаллық дүзимге, өзине тән мәдений-тарийхый сыпатламаларға ийе болған факторлар менен сыбайлас инсаният жәмийети ҳәм дәўирлер.
Әййемги дүнья.
Бир дүнья — жүдә көп, санаўсыз, жүдә үлкен.
Бир дүнья затың менен қайда бармақшысаң? Дүньяға үстин болар ма едиң? — ҳәмме нәрсеге жетискен, ийелеген болар ма едиң мәнисинде.
Дүньядан тақ өтиў — турмыс курмастан, жалғыз, жеккеликте жасаў.
Дүнья көзине қараңғы көриниў — дәртли, ғам-тәшўиште қалыў, руўхый түскинликке түсиў.
Дүнья көрген — турмыс тәжирийбелерине ийе, өмирдиң ғалмағалларын көрген.
Дүньяны суў басса, тобығына келмеў — ҳеш нәрседен тәшўишсиз, арқайын, қайғысыз, пәрўайы пәлек.
Дүньяны суў алса үйрекке бир пул (ҚҚ.Х.Н.М.).
Тәрки дүнья — дүнья ләззетлеринен ўаз кешиў.