ДУШПАН
Қарақалпақша
ат. (парсы.
жаў, қарсылас, дос емес).
1. Дүнья қарасы, ҳәрекетлери бир-бирине қарама-қарсы болған; өз ара бәсекилес, қас болған тәреплердиң хәр бири.
Аңдысқан душпан алыспаға жақсы (ққ.х.н.м.).
Душпанды бүлдир, досты күлдир.
Душпан не демейди, түске не кирмейди.
Душпанның күлгени, сырыңды билғени (ққ.х.н.м.).
2. әск.
Урыста бир-бирине қас, бир-бирине қарсы урыс ашқан тәреплердиң ҳәр бири; жаў.
Орынсыз жерге ат сальш, Әтирапыңды душпан алып (А.Дабылов).
3. аўыс. Инсанға ҳәм улыўма ҳәр бир нәрсеге зыян келтириўши кимсе, нәрсе, ҳәдийсе.
Ашыў душпан, ақыл дос, Ақылыңа ақыл қос (ққ.х.н.м.).
Соңғы пушайман — өзиңе душпан (ққ.х.н.м.).