ДОМАЛАҚ
Қарақалпақша
кел. 1. Шар формасына уқсас, жумалақ, жумыры, дөңгелек.
Домалақ ғарбыз.
Ертектеги қанат питкен тулпардай, Жер домалақ, айланып шық арқайын (Ақшолпан Аманияз).
2. Жумалақланған нәрсе.
Домалақ үйде от жанар, От изинен нан шығар (ққ.х.ж.).
3. Семиз, томпақ, толық, томпыйған, көмпек.
Домалақ адам.
0 Домалақ арза — изине қол қойылмай ямаса аты-жөни көрсетилмей жазылған арза.
Бул «домалақ арза» жазса қорқыңлар, (Дөхметинен көплер урылып кетти) (И.Юсупов).
Жер домалақ — қайтар дүнья, айланып, алдыңа келеди мәнисинде.
Жердиң домалақ екенлигин тағы бир мәрте қамсығып турып есине алды, келининиң жәбирин өзине берилген жаза билди (Қ.Бегниязова).