ДАҚЫЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Егип алынған аўыл хожалық өними ҳәм егилген егин, дийқаншылық.
Бир қасық суў дәри болып табылмай, Жеримиз шөлледи дақылы болмай (Н.Дәўқараев).
Еккен дақылларым тәрбиясыз жатыр (А.Бекимбетов).
2. аўыс. Тийисли, қараслы, қатнаслы.
Көрдим, көрдим қызық қашан, Болмады тилимде нышан, Пирге дақыл суўпы, ийшан, Өтти өмирим, өмирим (Бердақ).
3. Тиллесиў, сөйлесип отырыў мәнисинде.
Еки-үш аўыз дақылың болмаса, Неге келдин бизге... (Т.Қайыпбергенов).
4. Ҳәзил гәп, ойын сөз, шоқ жуўап (ҳәзил түриндеги жүйели сөз), өтирик.
— Әй, Ахметжан, жети жыл зинданда жатып дебдиў шықпаған екен, қарап кеткенше, дақыл етип кетейик («Юсуп-Ахмет»).
5. Ылайық, миясар.
Әне, еккисинин басын қосып, бир-бирине неке еттирип... үстине сарай алып берип, саўапқа дақыл болды («Қыз Палўан»).
6. Өтириги жоқ.
Саған көп көреди бақыйыл, сөзлеримде жокдур дақыл («Қырқ қыз»).
Дақыл етиў — сөз айтыў, ҳәзиллесиў.
Бизин елдиң келинисең, — деп қатынлар, қызлар дақыл ететуғын еди («Алпамыс»).
Дақыл қылыў — қаст етиў, тийиў.
— Мәгар бул қыз меники болар, атам менин ушын алып келип қойған шығар, — деп қызға дақыл қылмақшы болады.
(«Шақы Мутлақ»).
Дақыл болыў — тайын болыў, келиў.
Йуртыны ҳәм тәрк етип, мунда дақыл болғанын бәтамамы баян қылды («Ғәрип ашық»).