ДАТЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Жәрдемге шақырып бақырыў.
Пулы таўсылғанда датлап, Бийҳуўда тәңирди ядлап (И.Юсупов).
2. Биреўди жаманлаў, биреўди ғыйбатлаў.
Себеби, «Халқабадтың жолында арбамды өртеп, қулағымды кесип, атымды алып кетти!» — деп, биреў сени айтып датлап отыр (Ш.Сейтов).
3. Бийзар болыў, түнилиў.
Қашан үйге келсем датлап, көп таўып келсем де бул аз дейтуғын еди («ҚӘ» г.).