ДАРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қандай да бир жерге кәдем басыў, жақынлаў, жолаў.
Бирди ярым қонып кет, Тәўир көрсең шырағым, Апаңның кәўли жай болсын, Бирди ярым дарып кет («Алпамыс»).
2. Көриниў.
Бахтыма бир арыў қыз дарып, Демде ғайып болғаны ырас... (Т.Узақбергенов).
3. Жапырылып келиў, басыў.
4. аўыс. Тәсир қылыў, сыйқырлаў, тарқалыў.
Алла нәзер салып елим гүлдегей, Дарып келгей мийримликти жаңа жыл (Ж.Анетеев).
Қыдыр дарыў — Сен Қыдыр дарыған бир қутлы мәкан, Жайнап-жасна, әзиз Қарақалпақстан! (Б.Исметуллаев).
5. аўыс. Тең келиў, бас келиў.
Неше мыңға дарыў.