⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ДАЛ I

Қарақалпақша

ат. 1. Араб өлипбесиниң сегизинши хәрибиниң аты. Дал — даўа таптым, ләптеги палың билән (Әжинияз). 2. Тап өзи, жүдә мегзее, уқсас. Қыздың аты Қырмызы, Шахсәнемниң, дал өзи (А.Дабылов). 3. Саррас, нақ, туўры, қақ, анық. Дал мәўрити келгенде, жыл санаўы питкенди («Шәрьяр»). 4. Тик, тике, ийилмеген, бүгилмеген. Беш күн ойнап-күлген ғошшақ йигиткә, Қәлемқаш, қыпша бел, қәдди дал керек (Әжинияз). 0 Дал болыў — еки бүгилиў, ийилиў, иймейиў. Дүнья куўьш жаслай қәддиң дал болып, Заманың алдында тилиң лал болып (И.Юсупов).